Қарақалпақстан Республикасы мәденият министри Б.Темирбаев Нөкис қалалық мәденият бөлими жанындағы «Халық» ҳәм «Үлгили» атақларына ийе ҳәўескерлик жәмәәтлери менен ушырасыў кешесин  өткерди.  

Бүгинги күнде  республикамызда 64 «Халық» ҳәм «Үлгили» атақларына  ийе ҳәўескерлик жәмәәтлери болып, соннан 14 жәмәәт  Нөкис қалалық мәденият бөлиминде жумыс алып бармақта.

Өткерилген ушырасыўда Б. Темирбаев жәмәәтлерди қыйнап киятырған мәселелелер ҳәм пикирлерди тыңлады. Машқалалардан бири-көркем өнер ийелериниң  қолайлы дөретиўшилик алып барыўы ушын зәрүр материаллық-техникалық  базаны беккемлеў болып табылады. Ушырасыўда бул машқалаларды сапластырыў бойынша зәрүр илажлар көриў ушын ўазыйпалар белгиленип алынды.

Соны да айтып өтиў орынлы, Президентимиз тәрепинен 2023-жылы 25-декабрьде қабыл етилген «Халыққа мәдений хызмет көрсетиў дәрежесин буннан былайда жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық быйыл Қарақалпақстан Республикасының 10 ҳәўескерлик жәмәәтиниң материаллық-техникалық базасы беккемлениўи режелестирилген.

Сондай-ақ, жәмәәтлер тәрепинен ҳәўескерлерди халқымызға кеңнен таныстырыў, дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаўға бағдарланған жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар билдирилди.



Бундай илажлар алдағы ўақытлары республикамыздың қала ҳәм районларында даўам етиўи белгиленген.


Г. Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы