Мәмлекетимизде китапқумарлық мәдениятын арттырыў арқалы оқыўшы-жасларды жат идеялардың тәсиринен қорғаў бағдарында кең көлемли илажлар алып барылмақта. Тәрбия бесиги болған шаңарақта ата-аналардың перзентлерин китап оқыўға қызықтырыўы үлкен нәтийжелерге тийкар жаратары сөзсиз.

22-февраль күни Нөкис районы мәлимлеме-китапхана орайында «Китапқумар ана –ибрат бесиги» атамасында китапқумар аналар менен ушырасыў кешеси болып өтти. Онда райондағы халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында мийнет еткен нураный аналар ҳәм китапқумар жаслар қатнасты.

Ушырасыўды китапхана хызметкери Т. Бөлекбаева кирис сөз бенен ашып, китаптың инсан өмириндеги әҳмийети, китапқумарлықты раўажландарыў бойынша мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли илажлар ҳаққында айтып өтти.

– Балалық гезлеримнен баслап китап оқыўға қызықтым. Китап өмиримдеги ең жақын достым болды десем қәтелеспеймен. Ҳәзир жасларымызды телефон ҳәм интернеттиң  тек зыянсыз тәреплеринен пайдаланып, бос ўақытларында китап оқыса өз өмирлерине  өмирлик азық алады деген пикирдемен. Шаңарақта ата-аналар перзентлерин қадағалап, оларды кишкене гезлеринен китап оқыўға қызықтырып барыўы керек,-дейди илаж қатнасыўшысы Т.Оразова.


Илаж даўамында китапқумар аналар өзлериниң оқыған китаплары ҳаққында қатнасыўшыларға айтып берип, жасларды китап оқыўға шақырды.

Г, Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.