Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Елликқала районлық бөлими тәрепинен Ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында нызамсыз валюта алмастырыў  жағдайы  анықланды.

Атап айтқанда  валюта алмастырыў менен шуғылланып келген Ф.У. ҳәм М.К. жәми 4 мыӊ АҚШ долларын пуқара  М.Т.дан 49,6 миллион сумға сатып алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды. Департаменттиӊ Әмиўдәрья  районлық бөлими тәрепинен Ишки ислер бөлим хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында усындай жағдай анықланды. Валюта алмастырыў менен шуғылланып келген Ғ.Ш. жәми 3 мыӊ 500 АҚШ долларын пуқара  Х.Б.дан 43,5 миллион сумға сатып алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.

Атап өтилген жағдайлар бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниӊ тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги