Ата ақлығына алимент орнына турақ жай берди

180

Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судыныӊ 2020-жыл 9-октябрьдеги орынлаў ҳүжжетине тийкарланып, өндириўши И.Н. пайдасына тәрбиясындағы еки перзентиниӊ тәмийнаты ушын қарыздар А.А. ҳәр айдағы жәми дәраматыныӊ 3/1 бөлеги муғдарында алимент өндириўи белгиленген.

Бул орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Хожели районлық бөлими ис жүргизиўине келип түскен ҳәм бөлимниӊ мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен орынлаў ҳәрекетлери алып барылды.

Орынлаў ҳәрекетлери даўамында А.А.ныӊ алимент төлеминен қарыздарлығы жүзеге келгенлиги себепли бөлимниӊ мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен Өзбекстан Республикасыныӊ “Суд ҳүжжетлери ҳаққында”ғы қарарыныӊ 421-статьясына муўапық, оныӊ мәмлекетимиздиӊ тысқарысына шығыў ҳуқықына 2022-жылы 16-март күни шеклеў орнатылған.

Қарыздардыӊ әкеси  А.Н. Хожели районындағы өзиниӊ атындағы турақ жайды усы жыл 12-февраль күни ақлығы Н.Ш.ға берди. Усыннан соӊ, өндириўши И.Н. Бюроныӊ Хожели районлық бөлимине келип, жоқарыдағы көрсетилген суд ҳүжжетине тийкарланып өндирилиўи белгиленген  алимент пулларынан ўаз кешетуғынлығын билдирип арза берди ҳәм орынлаў ҳәрекети тоқтатылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги