Пуқаралар жыйынлары абат болмақта

199

Президентимиз 2023-жылдыӊ 30-март күни аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыўы менен танысыў мақсетинде республикамызға сапары даўамында халықтыӊ абаданлығын арттырыўға қаратылған үш басламаны алға қойған еди.

Атап айтқанда, усы басламалар шеӊберинде республикамыздағы пуқаралар жыйынларын абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, балалар бақшасы ҳәм шыпакерлик пунктлерин қурыў, оларды оӊлаў ушын 452 пуқаралар жыйыныныӊ ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылды. Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы ушын пуқаралар жыйынларын қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, оған өткен жылы 250 миллиард сум қаржы берилди.

Әмиўдәрья районындағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында да Президентимиз тәрепинен қаратылып атырған итибардан нәтийжели пайдаланыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Бул ажыратылған қаржылар аймақ халқыныӊ турмыс шараятларын жақсылаў, ушырасып атырған машқалаларды сапластырыўға жумсалмақта.

Атап айтқанда, пуқаралар жыйынлары аймақларына электр линиялары тартылып, трансформаторлар, таяныш үстинлери орнатылды. Усы арқалы электр энергиясы менен байланыслы машқалалар шешимин таппақта. Сондай-ақ көшелерге қум-шағал тас төсеў арқалы пиядалардыӊ  жүриў жоллары жақсыланды. Айырым пуқаралар жыйынларыныӊ имаратына қуяш панеллери орнатылып, балалар майданшалары ҳәм пиядалардыӊ жүриў жоллары қурылды.

Мәселен, райондағы Гүлзар мәкан пуқаралар жыйынында ажыратылған қаржы есабынан мәкан пуқаралар жыйыны имаратына қуяш панели ҳәм көшелерге бақлаў камералары, Огаҳий көшесине түнги жақтыландырыў шырақлары орнатылып, пиядалар жолы қурылды. Аймақтағы 6 көше турғынларыныӊ электр тәмийнатын жақсылаў мақсетинде өз алдына трансформатор орнатылды.

Әмелге асырылып атырған барлық қайырлы ислер аймақ турғынлары ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, олардыӊ абадан турмысын тәмийинлеўге, пуқаралар жыйынларыныӊ инфраструктурасын буннан былай да жақсылаўға, еӊ баслысы халықтыӊ бүгинги күннен разы болып жасаўына хызмет етпекте.









Бул бағдардағы жумыслар районда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги