Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша Шоманай, Тақыятас ҳәм Хожели районларындағы исбилерменлер менен ушырасыў өткерди.

Хожели районында болып өткен ушырасыўда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдем көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.

Оған атап өтилген районлардыӊ ҳәкимлери, жуўапкер болған министрлик, мәкеме басшылары ҳәм исбилерменлер қатнасты.



Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышқа көтермекте.

Ушырасыўда айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар бойынша қызғын пикир алысылды. Бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги