Март айында өзбекстанлылар неше күн дем алады?

346

Өзбекстанлылар март айында неше күн дем алады?

Президент пәрманына бола, март айында Өзбекстан халқы ушын төмендеги дем алыс күнлери бар:

8 март – жума (байрам);

21 март – пийшемби (байрам);

22 март – жума (жумыс ҳәптеси түрине қарамастан барлық хызметкерлер ушын қосымша ислемейтуғын күн);

23 март – шемби (ҳәптесине алты күнлик жумыс ислейтуғын хызметкерлер ушын қосымша ислемейтуғын күн).

Наўрыз байрамында өзбекстанлылар 4 күн, 8-март күни болса ҳәптесине бес күнлик жумыс  ислейтуғын жумысшылар 3 күн избе-из дем алады.

Солай етип, екшимби күнлерин есапқа алған ҳалда ҳәптесине 5 күн ислейтуғын Өзбекстан пуқаралары 13 күн дем алады, -деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги