Беларусь телеграф агентлиги – БелТА баспасөз орайында “Өзбекстан – Беларусь: ўақыт сынағынан өткен шериклик” темасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.
Бир қатар министрлик, уйымлар, түрли шөлкемлердиӊ ўәкиллери қатнасқан илажда мәмлекетимиздиӊ Минсктеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Раҳматулла Назаров өткен жылдыӊ жуўмағы бойынша республикамыз ерискен жоқары макроэкономикалық көрсеткишлер, жәмийетимиздиӊ раўажланыўындағы унамлы өзгерислер бойынша толық мағлыўмат берди.
– 2023-жылы Өзбекстан экономикасы алдынғы жылға салыстырғанда 6 процентке өсти, – деди дипломат. – Халықтыӊ жан басына жалпы ишки өним 2468 долларға көтерилди. Сыртқы саўда айланысы 62,6 миллиард долларға жетип, 2022-жылға салыстырғанда 23,9 процент көтерилди. Региондағы ири экономикалардан бири есапланған, соныӊ менен бирге, избе-из ҳәм жедел раўажланып атырған Өзбекстан Беларусь ушын мүнәсип шерик.
“БелТА”ныӊ жазыўынша, елшимиз өз-ара инвестиция белсендилиги сезилерли дәрежеде көтерилгенине де итибар қаратқан. Ҳәр еки мәмлекет белсендилик, турақлылық көрсетип атырғаны атап өтилди.
Р.Назаров Беларусь Президенти Александр Лукашенконыӊ жақында мәмлекетимизге әмелге асырған сапарына да тоқтап, жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер, еки мәмлекеттиӊ тийисли министрлери, ўәлаятлар ҳәм тармақ басшыларыныӊ қатнасыўындағы кеӊейтилген сөйлесиўлер табыслы өткерилгенин атап өтти.
Дөрегек сәўбети даўамында санаат кооперациясын раўажландырыў, Беларусь универсал товар биржасы менен бизнес-шерикликти жолға қойыў, парламентлераралық байланыслар орнатыў, илимий қолланбаларды коммерцияластырыў, ветеренария дәри қуралларын жеткерип бериў, билимлендириў,транспорт, логистика ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында бирге ислесиў сыяқлы мәселелер де көтерилген.
ЎзА