Көшпели тәртипте нотариал ҳәрекетти әмелге асырыў

267

Нызамшылықта ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы нотариал ҳәрекетти әмелге асырыў ушын нотариал мәкемеге келиў имканияты болмаған пуқараларға нотариал ҳәрекетлерди көшпели тәртипте, яғный олардың турған жеринде әмелге асырыў имканияты да жаратылған.

Бундай имканият жаратылыўының әҳмийети сонда, пуқараларға өз ўақтында, тез ҳәм қолайлы шараятта, оларға артықша сергизданлықларсыз профессионал ҳуқықый хызмет көрсетилиўин тәмийинлеўден ибарат.

«Нотариат ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 30-статьясына муўапық, нотариал ҳәрекетлер нотариал мәкемелердиң имаратында әмелге асырылады.

Пуқараның наўқаслығы, майыплылығы ямаса басқа да себеплерге байланыслы нотариал мәкемеге бара алмайтуғын айырым жағдайларда нотариал ҳәрекетлер усы пуқара турған орында әмелге асырылыўы мүмкин.

Нотариал ҳәрекетлер нотариал мәкеме имаратынан тысқарыда әмелге асырылса, ҳүжжеттиң тастыйықлаўшы жазыўында нотариал ҳәрекет әмелге асырылған орынның мәнзили көрсетиледи ҳәм нотариал ҳәрекетти әмелге асырыў ҳәм қол қойыў процеси мәжбүрий аудио ҳәм видеоға алынады.

Усы жерде нотариал ҳәрекетлерди көшпели тәртипте әмелге асырыўдың абзаллықларына да тоқтап өтиў мақсетке муўапық болады. Атап айтқанда, усындай жағдайда пуқараға өзи турған орында ҳуқықый хызмет көрсетиледи, яғный нотариус пуқараның турған орнына барған ҳалда нотариал ҳәрекетти рәсмийлестиреди. Онда пуқараның наўқаслығы, майыплылығы ямаса басқа да себеплерге байланыслы нотариал мәкемеге бара алмайтуғын айырым жағдайлар есапқа алынады. Сондай-ақ, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 20-статьясына муўапық, нотариал мәкеме имаратынан тысқарыда әмелге асырылатуғын нотариал ҳәрекетлер ушын мәмлекетлик бажы еки есе муғдарында өндириледи. Егер де, көшпели нотариал ҳәрекет мәҳәлле имаратларында нотариуслардың көшпели қабыллаўлары ўақтында әмелге асырылса, сондай-ақ, еркинен айырыў орынларында ямаса қамақта сақланып атырған шахслардың исеним хатларын нотариал тәртипте тастыйықланғанда мәмлекетлик бажы еки есеге емес, өз тәртиби бойынша өндириледи.

Ҳәзирги ўақытта пуқаралар нотариус хызметинен электрон түрде пайдаланыўына да болады. Буның ушын Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ямаса E-notarius.uz мәлимлеме порталы арқалы дизимнен өтиў имканияты жаратылған.

Бул портал арқалы юридикалық ҳәм физикалық тәреплер нотариус қабыллаўына жазылыўы, нотариусты таңлаўы, электрон мүрәжат жоллаўы, хызметлер бойынша мағлыўматлар алыўы, нотариуслар рейтинги ҳәм басқа да ашық мағлыўматлар менен танысыўы мүмкин.

Мүрәжат етиўшиниң электрон тармақ арқалы нотариус қабыллаўына жазылыў бойынша жолланған мүрәжатлары физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын гезекпе-гезек дизимге алыў электрон дизимине автоматласқан тәризде дизимге алынады.

Жоқарыдағылардан келип шыққан ҳалда жуўмақлап соны айтыў мүмкин, ҳәзирги ўақытта нызамшылықта нотариал ҳәрекетлерден нотариал мәкемеге жеке барған ҳалда, онлайн тәризде ҳәм турған орнынан тиккелей пайдаланыў имканиятлары жаратылған болып, юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге онлайн нотариал хызметлердиң әҳмийети ҳәм абзаллықларын ҳуқықый жақтан түсиндириў ҳәм оларды турақлы хабардар етип барыў керек болады.

Буның нәтийжесинде юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәдирли ўақты, қәрежети үнемлениўине ерисиледи ҳәм нотариал мәкемелерде артықша гезекке турыў жағдайларының алды алынады.

 

Зинатдин ЯХЫПОВ,

Нөкис қаласында жеке әмелият пенен

шуғылланыўшы нотариус.

Қарақалпақстан хабар агентлиги