Өзбекстанныӊ Кувейт Мәмлекетиндеги жаӊа елшиси Аюбхон Юнусов усы мәмлекет сыртқы ислер министри Абдулла Али Ал-Яҳёға исеним жарлығыныӊ нусқасын тапсырды.

Мәресимнен соӊ тәреплер өз-ара бирге ислесиўдиӊ ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективасын додалап, социаллық-экономикалық, сиясий, илимий, мәдений-руўхый бирге ислесиўди беккемлеў, улыўмалық саўда көлемин кеӊейтиў, инвестиция жойбарларын әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Сондай-ақ, усы жыл ушын қосымша илажлар кестеси көрип шығылды.

Еслетип өтемиз, А.Юнусов Ал-Кувейтке 6-февраль күни жетип барған. Тайынланғанға шекем ол СИМ Консуллық-ҳуқықый департаменти басқармасыныӊ баслығы болып жумыс алып барған.

ӨзА