Жоллар қайта оңланбақта

Республикамыз аймағындағы автомобиль жоллардың техникалық жағдайын сақлаў ҳәм автомобиль басқарыўшылары ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Шоманай районы аймағындағы А-380 автомобиль жолының 822-824-километр бөлегинде түнги жақтыландырыўшы үскенелерди тазалаў ҳәм жаңадан орнатыў, 4r 177 автомобиль жолының 44-45 -километр аралығы ҳәм 4n 37 жолының 0-1 километриниң шеп тәрепинде сақлаў және оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Ал, Қанлыкөл районындағы А-380 автомобиль жолының 841-843- километр бөлеклеринде сақлаў, Қараөзек районы аймағынан өтиўши 4r 176 автомобиль жолының 87- километринде жол белгилерин тазалаў жумыслары әмелге асырылды.


Буннан гөзленген мақсет, ҳәр бир автомобиль басқарыўшысының өз мәнзиллерине аман-есен жетип барыўын тәмийинлеўден ибарат.
Қарақалпақстан хабар агентлиги