Белгили физик пенен ушырасыў болып өтти

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде елимизге белгили физик, «Янги Ўзбекистон» универиситетиниң физика кафедрасының баслығы, профессор Алишер Санетуллаев пенен ушырасыў кешеси болып өтти.
Онда университеттиң физика факультети оқытыўшылары, студент- жаслары қатнасты.
Ушырасыўда сөзге шыққан профессор өзиниң илим жолындағы изленислери ҳаққында айта отырып, ҳәзирги ўақытта елимиздеги жаңа типтеги университетте өз жумысын даўам еттирип атырғынлығын, ол жердеги оқыў процессиниң өзгешеликлери, сондай-ақ, физика илими, жасалма интеллект ҳаққында кең түрде түсиник берди. Өз гезегинде студентлер өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды. Оларды әсиресе, профессордың шет елде билим алыў тәжирийбелери көбирек қызықтырды.


Мағлыўмат орнына айтып өтетуғын болсақ, Алишер Санетуллаев Мойнақ районында туўылған. Өзиниң мийнет жолында АҚШта 9, Канадада 4 жыл илимий орайларда жумыс ислеген.
Ушырасыў кешеси студент-жасларда үлкен тәсирлер қалдырды.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы