Британиялы инвесторлар Өзбекстанның телекоммуникация тараўына инвестиция киргизбекши

Өзбекстан елшиханасында Британияның «Stephen Simeon Limited» компаниясының директоры Бийи Олоко менен сөйлесиўлер өткерилди.
Ушырасыў даўамында Бийи Олоко Өзбекстанға кейинги жылларда бир неше рет келгенин билдирди ҳәм ҳәзирги ўақытта республикада телекоммуникациялар тараўында алып барылып атырған реформалар ҳәм инвестициялық орталықтың турақлылығы онда жойбарларды әмелге асырыў нийетин оятқанын мәлим етти.
Бийи Олоко мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған «Өзтелеком» қарамағындағы мобиль байланыс минараларын меншиклестириў есабынан байланыс базарында жаңа коммерциялық системаны жаратыў нийетинде ҳәм бул жойбарға 10 миллион доллар инвестиция киргизиўге таяр.
Сөйлесиўлер жуўмағында Британия тәрепи 18-20-март күнлери Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында өткерилиўи режелестирилип атырған «Offshore Outsourcing Tour» илажына ҳәм 2-май күни Ташкент қаласында болып өтетуғын Ташкент халықаралық инвестициялық форумға қатнасыў нийетин билдирди.
«Stephen Simeon» консалтинг-технологиялық компаниясы 2001-жылы шөлкемлестирилген болып, «Thames Valley Park» жоқары технологиялар парки аймағында жайласқан. Бул парк аймағында ири компаниялардан баслап стартапларға шекемги 8 мыңнан аслам технология резиденциялары бар. Тийкарғы жумыс – телекоммуникация, IT бизнес шешимлери ҳәм хызметлери, бизнести трансформациялаў ҳәм корпоратив басқарыў. Африка ҳәм Европа мәмлекетлери, АҚШ ҳәм Британияда жойбарлар әмелге асырып келмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги