Қурамында психотроп ҳәм күшли тәсир етиўши элементлери бар дәри  өнимлериниң нызамға қарсы айланыста болыўының алдын алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия ҳәм басқа да жуўапкер уйымлар менен биргеликте Нөкис қаласындағы ири дәриханалардың биринде оператив илаж өткерилди.

Оператив илаж даўамында дәрихана сатыўшысы 54 ампулада «Омнадрен 250» атамасындағы, қурамында күшли тәсир етиўши элементи бар дәри қуралын «шәртли қарыйдар»ға 1 миллион 800 мың сум пулға сатып атырғанында илаж қатнасыўшылары тәрепинен тоқтатып қалынды.

  • Бул түрдеги дәри өнимлеринен медициналық емес мақсетлерде шыпакер қадағалаўысыз пайдаланыў инсан организмине ҳәм оның руўхый жағдайына унамсыз тәсир ететуғынлығын, бул дәрилерге бағыныўшылық ҳәм оларсыз жүре алмаў сыяқлы ақыбетлерди келтирип шығаратуғынлығын ҳәмме биледи,-дейди бажыхана басқармасының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова.

Илаж даўам еттирилип, дәрихана көзден өткерилгенинде, және 18 дана «Омнадрен 250» атамасындағы қурамында күшли тәсир етиўши элементи бар дәри өнимлери бар екенлиги анықланды ҳәм улыўма есапта жәми 72 дана күшли тәсир етиўши дәри өнимлери айғақлы зат ретинде ўақытша сақлаўға алынды.



Усы анықланған ҳуқықбузарлық факты бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги