Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси бирлескен комитети тәрепинен система шөлкемлери ҳәм мәкемелериндеги кәсиплик аўқамы комитетлери басшыларының қатнасыўында семинар өткерилди.

Семинарда Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң социаллық қорғаў мәселелери бойынша бас қәнигеси У.Халиков, Республикалық Кеңес баслығының Жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Ж.Нодировлар Өзбекстан Республикасы Мийнет кодекси ҳәм мийнет қатнасықларына байланыслы нызамшылықлардағы жаңалықлар, жәмәәтлик шәртнамаларды дүзиўдиң тәртип-қағыйдалары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Жәмәәтлик шәртнамалар жумыс бериўшилер менен жумысшылар арасындағы мийнетке байланыслы, социаллық-экономикалық ҳәм кәсипке байланыслы қатнасықларды тәртипке салатуғын мийнет ҳаққындағы ҳуқықый ҳүжжет болып, ол арқалы тәреплердиң миннетли ўазыйпаларының ҳадал ҳәм сапалы орынланыўы тәмийинленеди.

Жәмәәтлик шәртнаманың әмел етиўи ҳәр қандай кәрхананың табыслы жумыс алып барыўына, мийнет мәденияты ҳәм тәртибиниң жақсыланыўына, ислеўшилердиң кәсиплик маманлығын жетилистириў, тариф ставкалары ҳәм жумыс баҳаларының әмелдегилерге қарағанда төменлеўине жол қоймаўға тийкар жаратады.

Семинарда кәсиплик аўқамлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер, жәмәәтлик шәрнаманы дүзиўде айрықша дыққат-итибар қаратылыўы шәрт болған тәреплери ҳаққында да мағлыўматлар берилип, мәкеме ҳәм шөлкемлердеги жумысшы-хызметкерлердиң социаллық жақтан қорғалыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды еле де жетилистириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Семинар даўамында жыл жуўмағы бойынша бир қатар жетискенликлерге ерискен кәсиплик аўқамлары басшылары хошаметленип, естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги