Министрлер Кабинетиниң 92-санлы қарары менен Өзбекстан Республикасының 2024-жыл I-шерегине мөлшерленген инвестициялық бағдарлама қабыл етилди.

Усы Бағдарламаға муўапық 2024-жылы Қытай Эксимбанки Транспорт министрлигине тәбийғый газде ҳәрекетленетуғын 1000 дана автобус ҳәм «Тошшаҳартрансхызмет» кәрханасы ушын 200 дана электробус сатып алыўы ушын жәми 180 миллион доллар муғдарында қарыз қаржыларын ажыратады.

Соның ишинде, Нөкис қаласы ҳәм ўәлаят орайларының жәмийетлик транспорты ушын 1000 қысылған тәбийғый газде ҳәрекетленетуғын үлкен сыйымдағы автобуслар сатып алыў ушын халықаралық қаржы шөлкеминен 120 миллион доллар тартылады.

Сондай-ақ, «Тошшаҳартрансхызмет» АЖ тәрепинен ҳәрекет қурамын 200 дана үлкен сыйымдағы электробуслар және олар ушын қуўатлаў үскенелерин сатып алыў жолы менен жаңалаўды шөлкемлестириў ушын болса Қытай Эксимбанкинен 60 миллион доллар тартылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги