Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола 21-февраль күни «Келешек ойынлары» жарысының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Қазан қаласында болды.
Қазан қаласына әмелий сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң ушырасыўы болып өтти.
Сәўбет алдынан мәмлекетимиз басшысы Россия Президентин спорттың дәстүрий ҳәм виртуал түрлерин өзинде жәмлеген «Келешек ойынлары» биринши халықаралық жарысы өткерилип атырғаны менен қызғын қутлықлады.
Еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли тәреплери, соның ишинде, өткен жылы 5-7-октябрь күнлери Москва қаласында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Жетекшилер Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлар избе-из беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
2023-жылы болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислери, аймақлар, билимлендириў, медицина форумлары, бир қатар басқа да исбилерменлик ҳәм мәденият илажларының табыслы нәтийжелери жоқары баҳаланды.
Товар алмасыўдың унамлы пәти сақланып қалмақта. Санаат, энергетика, транспорт, химия, фармацевтика ҳәм басқа да тармақлардағы жойбарлар жедел басқышқа кирген.
Аймақлар арасындағы кооперация байланысларын хошаметлеўге айрықша итибар қаратылды.
Ташкент ҳәм Жиззақ ўәлаятларында «Химград» индустриаллық технопарклери табыслы ислемекте. Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында жаңа «Алабуга» ҳәм «Мастер» инновациялық парклери қурылмақта.
Мәмлекет басшылары транспорт коридорларын биргеликте раўажландырыў, темир жол транспорты тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерин додалады.
Регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысты, болажақ халықаралық илажлар режеси көрип шығылды.
Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазан қаласында «Келешек ойынлары» биринши халықаралық мультиспорт жарысының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.
«Қазан Экспо» халықаралық көргизбелер орайында болып өткен илажда Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Беларусь Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм басқа сырт елли мийманлар да қатнасты.
Қатнасыўшылардың дыққатына «Келешек ойынлары» бағдарламасына кирген спорт түрлери ҳаққында видеокөринис ҳәм театрластырылған сахна көринисин усынды.
Мәмлекетимиз басшысы қатнасыўшыларға әўмет тилеп, 2026-жылғы «Келешек ойынлары»н Өзбекстанда өткериўди усыныс етти.
Мәресимнен кейин жоқары мәртебели мийманлар арнаўлы көргизбе менен танысты. Виртуал мәканындағы беллесиўлер ҳәм дәстүрий спортты өзинде жәмлеген «фижитал-спорт» концепциясы ҳаққында мағлыўмат берилди.
Жетекшилер киберспорт жарысларын, фижитал-футбол бойынша шынығыўлар процесин бақлады, спорттағы жаңа бағдардың бүгинги раўажланыўы ҳәм перспективалары ҳаққында қорғаўшы сүўретлеў көркем өнери үлгилери ҳәм презентациялар менен танысты.
«Келешек ойынлары» – беллесиўлер бир ўақыттың өзинде спорттың дәстүрий түрлери ҳәм олардың санлы альтернативинде өткерилетуғын жоқары технологиялық жарыс болып есапланады. Ол усы жылдың 21-февраль күнинен 3-март күнине шекем даўам етеди.
Турнирде 100 ден аслам мәмлекеттен дерлик 300 команда, соның ишинде, Өзбекстан ўәкиллери қатнаспақта. Ўатанласларымыз фижитал-хоккей, виртуал веложарыс, спорт программаластырыў сыяқлы бағдарларда беллеседи.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазан қаласына әмелий сапары жуўмақланды.
ӨзА