Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги арасында шериклик ҳаққындағы меморандум дүзилди.

Бул меморандумныӊ тийкарғы мақсети, мектепге шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасын жетилистириў, тараў хызметкерлериниң жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, ҳуқықларын қорғаў ҳәм нызамлы мәплерин сәўлелендириўде жәрдемлесиў, билимлендириў тараўын жаңа инновациялық идеялар тийкарында раўажландырыўды, қоллап-қуўатлаўға тийисли нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша биргеликте усыныслар ислеп шығыўдан ибарат. Соныӊ менен бирге,  сайлаўлардың барлық басқышларында билимлендириў тараўы ўәкиллериниң белсене қатнасыўын тәмийинлеў, жәмийетте билимлендириўдиң барлық басқышлары бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў, халықтың бийпул билим алыў ҳуқықларын қорғаў  бойынша ҳуқық-қорғаў уйымлары менен өз-ара шерикликте жедел қатнасты жолға қойыў илажларын көриў болып есапланады.

Ушырасыў соңында тәреплер тараўға тийисли бир қанша жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисип алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги