Қарақалпақстан Республикасыныӊ прокуроры Э.Таджиев Төрткүл районындағы исбилерменлерди көшпели қабыл етти.

Тиккелей пикирлесиў тәризиндеги қабыллаў барысында 25 исбилерменниӊ жумысларын кеӊейтиў, сырт ел инвестицияларын кеӊнен тартыў, жеӊилликли кредит алыў ҳәм басқа да социаллық-экономикалық мәселелер бойынша мүрәжатлары тыӊланды. Соннан 2 мүрәжат сол жердиӊ өзинде шешимин тапты. Үйренип шығыў ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар  ис жүргизиўинен алынды.

Буннан кейин жуўапкерлер райондағы интенсив бағларда пайдаланылатуғын сетка ислеп шығарыўға қәнигелестирилген “Zavod XozAgro” жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасыныӊ жумыслары менен танысты. Кәрхана баслығы менен биргеликте бул жердеги машқалалар үйренилди.

Сондай-ақ, райондағы 5-санлы туберкулез ҳәм дем алыў органларыныӊ созылмалы кеселликлери қәўпи болған топар балалар ушын санатория типиндеги қәнигелестирилген мектеп-интернатындағы шараятлар, оқыў орныныӊ жатақханасы көзден өткерилди. Бул жерде ушырасып атырған машқалаларды үйренип, оларды сапластырыў бойынша район прокурорыныӊ басшылығында жумысшы топар дүзилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги