Ҳәзирги ўақытта орынларда мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерий бөлимлеринде хызмет етип атырған әскерлердиң қатнасыўында шегара алды аймақларында жәмлеспеген жаслар менен ҳәр қыйлы илажлар ҳәм ушырасыўлар өткерилмекте.

Мақсет – усы илажлар арқалы бүгинги күнде өсип киятырған келешегимиз ийелерин ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың Қураллы күшлер тараўына қызығыўшылығын арттырыў ҳәм миллий армия қатарына шақырыў болып есапланады.

Мине усындай  илажлардың бири «Өзбекстан перзентлери батыр болар!» сүрени астында Қоңырат районындағы Жаслық посёлкасында жайласқан 54 ҳәм 57-санлы улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары менен өткерилди.

Ушырасыўда майор С.Абдуллаев тәрепинен соңғы жылларда Қураллы Күшлер тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, әскерлеримиз ушын жаратылған мүмкиншиликлер, мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерий бөлимине қараслы «Жас шегарашы» академиялық лицейи, усы билим дәргайындағы оқыў системасы ҳәм оқыўшыларға жаратылған имканиятлар, питкериўшилерге берилетуғын жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Әскерий ўатансүйиўшилик, ана-ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлери ҳаққында мағлыўматларға тоқтап, оқыўшылар менен сәўбетлесиўлер өткерилип, пикир алысты.

Илаж шеңберинде әскерий хызметкерлер тәрепинен оқыўшыларға заманагөй қурал-жарақлар көргизбеси көрсетилип, мүддетли әскерлер ҳәм жоқары класс оқыўшылары арасында волейбол ҳәм арқан тартысыў жарыслары шөлкемлестирилди.






Жеңимпазлар хошаметленип, диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги