«Республикада мыс шийки затын терең қайта ислеўди және де жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы Президент Қарары (ПҚ-77-санлы, 19.02.2024 ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, биржа саўдалары арқалы сатып алынған мыс шийки заты ушын төлемлердиң 25 процентин аванс тәризинде, қалған 75 процентин мыс шийки заты алынғаннан кейин 90 күн ишинде төлеўге рухсат бериледи.

Бунда мыс шийки заты ушын төлемлерди бөлип-бөлип төлеў имканияты берилген ҳәр бир күн ушын төлениўи керек болған төлемлер суммасы төмендегише белгиленеди:

– 30 күн ишинде әмелге асырылған төлемлер бөлегине – процент есапланбайды;

– 31 күннен 60 күн ишинде, әмелге асырылған төлемлер бөлегине – Орайлық банк тийкарғы ставкасының 50 проценти муғдарында процент есапланады;

– 61 күннен 90 күн ишинде әмелге асырылған төлемлер бөлегине – Орайлық банк тийкарғы ставкасының муғдарында процент есапланады.

Қарар 2024-жыл 1-апрельден күшке киреди ҳәм оның талаплары 2024-жыл 1-апрельге шекем дүзилген шәртнамаларға енгизилмейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги