Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында «Gulfood» халықаралық азық-аўқат көргизбеси болып өтпекте.

Бундай илажларда ҳәр бир мәмлекеттиң тараў жуўапкерлериниң қатнасыўына айрықша орын бериледи. Илажда аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов қатнасып, өткерилип атырған сөйлесиўлерде айрықша нәтийжелер атап өтилди.

Атап айтқанда, министрдиң «Abu Dhabi Developmental Holding Company» (ADQ) компаниясы қурамына киретуғын «Ghitha Group» компаниясының директоры Исса Хоори менен ушырасыўы да буған мысал бола алады, делинеди Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң мағлыўматында.

Сондай-ақ, «Abu Dhabi Food Hub» компаниясының директоры Суреш Ваидҳянатҳан менен ушырасыўында Өзбекстанда қәнигелескен азық-аўқат орайын шөлкемлестириў бойынша өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойыўға келисип алынды. «Gulfood» азық-аўқат ҳәм ишимликлер санааты ушын дүнья жүзиндеги ең ири ҳәм абырайлы жыллық көргизбе болып, төрт күн даўамында ең көп сапарлар болып өтеди ҳәм экспонентлер және бизнес операциялары әмелге асырылады.

Дүньядағы ең ири ҳадал өнимлер көргизбеси сыпатында тән алынатуғын «HalalWorldFood» шеңбериндеги көргизбеде 50 мәмлекеттен азық-аўқат ислеп шығарыўшы компаниялардың жүзлеген қәнигелери қатнаспақта.

А.РУСТАМОВ, ӨзА