Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Қазан қаласына келди.
Абдулла Тоқай атындағы халықаралық аэропортта мәмлекетимиз басшысын Татарстанның Бас министри Алексей Песошин ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.
Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан Президенти Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен сөйлесиў өткереди.
Буннан кейин жетекшилер 21-февраль – 3-март күнлери Қазанда өткерилетуғын «Келешек ойынлары» биринши халықаралық мультиспорт жарысларының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасады.
ӨзА