Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ мәжилисинде “Өзбекстан Республикасы Жынаят-орынлаў кодексине қамақтағылардыӊ ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды. Бул мәселе бойынша депутат Ф.Ашматов мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, жаӊа редакциядағы Бас нызамымызға муўапық, қамақтағыларға адамгершиликли қатнаста болыў, олардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мақсетинде халықаралық уйымларға мүрәжат етиў, аўыр ҳәм оғада аўыр жынаят әмелге асырып еркинен айырыў орынларында сақланып атырған қамақтағылардыӊ сайлаў ҳәм референдумларда қатнасыў ҳуқықлары кепилленеди.

Соныӊ менен бирге, жазаны орынлаў шөлкемлеринде мийнетке тартылған қамақтағыларға ҳақы төленетуғын жумыс дәўирин олардыӊ улыўмалық мийнет стажына социаллық салық төленген дәўирди қосып есаплаў әмелияты енгизилди. Усы нызам жойбарына бола, Жынаят-орынлаў кодексине еркинен айырылған шахслар менен адамгершилик принципи тийкарында қатнаста болыў, олардыӊ абырайы ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрмет етилиўин тәмийинлеўге байланыслы бир қатар нормалар киргизилмекте. Атап айтқанда, усы Кодекстиӊ 9-статьясына “Өзбекстан Республикасыныӊ нызамшылығына ҳәм халықаралық шәртнамаларға муўапық, егер мәлекеттиӊ ҳуқықый қорғаўына байланыслы барлық ишки қураллардан пайдаланып болынған болса, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўшы халқаралық уйымларға мүрәжат етиў” ҳаққындағы қосымша норма киргизилмекте.








Әмелдеги Өзбекстан Республикасы Жынаят-орынлаў кодексиниӊ 9-статьясы (Қамақтағылардыӊ тийкарғы ҳуқықлары) нда қамақтағлардыӊ жазаны орынлаўшы шөлкем яки уйым ҳәкимшилигине, басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелерге мүрәжат етиў ҳуқықы берилген болып, қамақтағылар тәрепинен инсан ҳуқықларын қорғаў тараўындағы халықаралық шөлкемлерге мүрәжат етиў ҳуқықы нызамшылық нормаларында белгиленбеген еди. Нызам жойбары менен усы статьяға қосымшалар киргизиў арқалы аўыр ҳәм оғада аўыр жынаят әмелге асырып еркинен айырыў орынларында сақланып атырған қамақтағылардыӊ сайлаў ҳәм референдумларда қатнасыў ҳуқықы белгилеп берилмекте.

Сондай-ақ, еркинен айырылған шахслардыӊ Олий Мажлистиӊ Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилине (Oмбудсман) ҳәм Олий Мажлистиӊ Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилине (Балалар омбудсманы) арнаўлы мүрәжат қутысы арқалы мүрәжат жоллаўына байланыслы ҳуқықы беккемленбекте.

Нызам жойбары статьяма-статья көрип шығылып, үшинши оқыўда қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзА