Ҳүкимет қарары (95-санлы, 17.02.2024 ж.) менен “Жаслардыӊ халықаралық IT-сертификатларын алыў қәрежетлерин қаплап бериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиӊ ҳәкимшилик регламенти” тастыйықланды.

Оған бола, арза бериўши халықаралық IT-сертификат берилген сәнеден 180 календарь күни даўамында усы сертификатты алыў қәрежетлерин қаплап бериўди сорап, БИМХП (my.gov.uz) арқалы мүрәжат етиўи керек.

Арза бериўшиниӊ халықаралық IT-сертификатларын алыў қәрежетлериниӊ 60 процентине шекемги болған бөлегин қаплап бериўде инглиз тилин билиў дәрежесин белгилеўши сетификат талап етилмейди.

Халықаралық IT-сертификатлар басланғыш дәрежеде болғанда 30 проценти, орта дәрежеде болғанда 40 процент ҳәм профессионал дәрежеде болғанда 60 процент муғдарда жумсалған қәрежетлер қаплап бериледи.

Инглиз тили бойынша В2 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги ҳәм профессионал дәрежедеги халықаралық IT-сертификатқа ийе болған жаслардыӊ халықаралық IT-сертификатын алыў қәрежетлери толық қаплап бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги