Пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң және де исенимли қорғалыўы тәмийинленбекте

147

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилиси болып өтти. Онда бир қатар нызам жойбарлары ҳәм парламентлик қадағалаўға байланыслы мәселелер күн тәртибине қойылды.

Мәжилисте «Қурал-жарақ ҳаққындағы нызамшылықтың жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 220/1–статьясына қосымша киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда додаланды.

– Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 220/1–статьясында пневматикалық сигнал бериўши, ылақтырыў, өзин-өзи қорғаў қуралын рухсатнамалар ҳәм лицензияларсыз, нызамға қайшы түрде айланысқа шығарыўға байланыслы ҳәрекетлерди орынлаў ҳәм жумысты әмелге асырыў ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленген, – деди депутат Хўжамқул Ҳазратқулов. – Нызамға қарсы түрде сақлап атырған оқатар қурал-жарақты өз ықтыяры менен тапсырған шахсларды жуўапкершиликтен азат етиў ҳаққында Жынаят кодексинде беккемлеп қойылған қағыйда шахслар басқа да түрдеги қурал-жарақты өз ықтыяры менен тапсырғанда, оларды жуўапкершиликтен азат етиў машқаласын шешпейди. Соның менен бирге, «Қурал-жарақ ҳаққында»ғы нызамның 21-статьясында қурал-жарақты, соның ишинде, жоқарыда көрсетилген оқатар болмаған қурал-жарақты өз ықтыяры менен тапсырғаны ушын Министрлер Кабинети тәрепинен сыйлықлаў илажлары белгилениўи мүмкин екени билдирилген. Бул ҳуқықый қарама-қарсылықты сапластырыў мақсетинде усы жойбар менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң  220/1–статьясын пневматикалық, сигнал бериўши, өткир-ушлы суўық, ылақтырыў қуралын ҳәм өзин-өзи қорғаў қуралын өз ықтыяры менен тапсырған шахслар жуўапкершиликтен азат етилетуғынына байланыслы инсаныйлық норма менен толықтырылып атыр.

Атап өтилгениндей, нызам жойбары пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң және де исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге, сондай-ақ, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм оқатар болмаған қурал-жарақ түрлериниң нызамға қайрсы айланысының алдын алыў бойынша көрилип атырған илажлар нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы