Жәмәәтлик шәртнама – мийнет нәтийжелилигин белгилейди

247

Мийнет жәмәәтлеринде жумыс бериўшилер ҳәм кәсиплик аўқамлары тәрепинен дүзилетуғын Жәмәәтлик шәртнамалар жумыс бериўшилер менен жумысшылар арасындағы мийнетке байланыслы, социаллық-экономикалық ҳәм кәсипке байланыслы қатнасықларды тәртипке салатуғын мийнет ҳаққындағы ҳуқықый ҳүжжет болып есапланады. Ол арқалы тәреплердиң миннетли ўазыйпаларының ҳадал ҳәм сапалы орынланыўы тәмийинленеди.

Өндиристи модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жақтан жаңалаў, санаат, транспорт, байланыс ҳәм социаллық инфраструктура жойбарларын әмелге асырыўға бағдарланған инвестициялық сиясаттың әмелге асырылыўына, энергия ресурсларының жумсалыўын азайтыў, қайта тикленетуғын энергия тийкарларынан пайдаланыўды кеңейтиў, мийнет өнимдарлығын арттырыў, жумыс нәтийжелилигин жақсылаўға алып келеди. Жәмәәтлик шәртнаманың әмел етиўи ҳәр қандай кәрхананың табыслы жумыс алып барыўына, мийнет мәденияты ҳәм тәртибиниң көтерилиўине ерисилиўине, ислеўшилердиң кәсиплик маманлығын жетилистириў, тариф ставкалары ҳәм жумыс баҳаларының әмелдегилерге қарағанда төменлеўине жол қоймаўға тийкар жаратады.

Ҳәзирги ўақытта мийнет жәмәәтлеринде жәмәәтлик шәртнамалардың орынланыўы бойынша кәсиплик аўқамлары ҳәм жумыс бериўшилердиң жыллық есабатларын тыңлаў ҳәм алдағы режелерди белгилеўге бағышланған мәжилислер өткерилмекте.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалында да Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң басшылары, тараў басшылары ҳәм қәнигелериниң қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң баслығы А.Мусаев, Республикалық Кеңестиң социаллық қорғаў мәселелери бойынша бас қәнигеси У.Халиков, Республикалық Кеңес баслығының Жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Ж.Нодиров, Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси бирлескен комитетиниң жуўаплы шөлкемлестириўшиси Ж.Аяпов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тараўда кәсиплик аўқамлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер ҳаққында мағлыўматлар берилди.





Филиал директоры А.Аяпов ҳәм кәсиплик аўқамы баслығы Б.Бегжанов тәрепинен филиалдың жумыс бериўшилери ҳәм кәсиплик аўқамы арасында дүзилген Жәмәәтлик шәртнамасының 2023-жылда орынланыўы бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.

Халқымыздың бийтәкирар көркем өнери, мәдениятын раўажландырыў, театр, кино, телевидение ҳәм бақсышылық бағдарлары бойынша жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў мақсетинде 2008-жыл шөлкемлестирилген бул филиалда ҳәзирги ўақытта жәми 290 хызметкер жумыс ислемекте. Соннан қырық беси 30 жасқа шекемги жаслар болып есапланады.

Филиалда 9 тәлим бағдар бойынша жәми 1763 студент билим алмақта. Соннан 886 cы күндизги, 868 сы сыртқы тәлим бағдарында, 9 ы магистратурада билим алмақта.

Бүгинги күнде филиалда 3 факультет ҳәм 10 кафедра жумыс алып барады.  Филиалда ислеўши профессор-оқытыўшылардың улыўма саны 91 ди қурайды.

  • Филиалымызда жәмәәтлик шәртнаманың орынланыўы бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта,-дейди филиалдың кәсиплик аўқамы баслығы Б.Бегжанов.

Байрамларда мийнет жәмәәти арасында ҳәр қыйлы кеўил ашар мәдений илажлар, спорт жарыслары шөлкемлестирилип, белсенди хызметкерлер хошаметленип барылмақта. Социаллық жәрдемге мүтәж хызметкерлерге материаллық жәрдемлер көрсетилмекте. Денсаўлығына ҳәм шаңарақ жағдайына байланыслы бир қатар хызметкерлер санаторийлерде емленип дем алып, материаллық жәрдемлер көрсетилди. Ишки туризмди раўажландырыў бағдарында хызметкерлердиң елимиздеги дыққатқа ылайық орынларына саяхаты шөлкемлестирилди. Белгили сәнелерде мийнет ветеранлары менен ушырасыўлар өткериў, майыплығы бар жәрдемге мүтәж инсанлардан хабар алыў, хызметкерлердиң жумысқа қатнасын жақсылаў, аўызбиршилигин тәмийинлеў ҳәм басқа да илажлар шөлкемлестирилип, жәмәәтлик шәртнама талапларына муўапық белгиленген жумысларды нәтийжели орынлаўға ҳәрекет етилмекте.

Ушырасыў қатнасыўшылары баянатшылар тәрепинен берилген мағлыўматлар бойынша пикир-усынысларын билдирип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги