Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Майыплығы болған шахсларды жумысқа алған кәрхана ҳәм шөлкемлер ушын бир қатар жеңилликлер жаратылған. Бирақ, 500 мыңнан аслам кәрхана ҳәм шөлкемниң тек ғана 143 мыңында майыплығы болған шахслар ислейди.
«Мектеплер, профессионал билимлендириў мәкемелеринде шараят жоқлығы ушын 70 процент ата-аналар майыплығы бар перзентлерин жасайтуғын жеринен узақ арнаўлы мектеп-интернатқа жайластырыўға мәжбүр.
Негизинде ата-анасы, дослары ҳәм мәҳәлледен узақласыў ҳәр қандай бала ушын үлкен психологиялық соққы», – деди Президент.
ӨзА