Енди Сенат Баслығы избе-из еки мүддеттен аслам ўақытқа сайлана алмайды

19-февраль күни қабыл етилген ӨРН-909-санлы нызам менен «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Конституциялық Нызамға өзгерис киргизилди.
Оған бола, Сенат ағзалары (сенаторлар) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардың мәмлекетлик ҳәкимияты ўәкиллик уйымлары депутатларының тийисли биргеликтеги мәжилислеринде усы депутатлар арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан тең муғдарда – төрт адамнан сайланады.
Сенаттың тоғыз ағзасы илим, көркем өнер, әдебият, өндирис тараўында ҳәм мәмлекетлик және жәмийетлик жумыстың басқа да тармақларында үлкен әмелий тәжирийбеге ийе болған ҳәм айрықша мийнети сиңген ең абырайлы пуқаралар арасынан Президент тәрепинен тайынланады.
Сондай-ақ, Сенат ҳәм оның уйымларының мәжилислеринде Орайлық банк басқармасының баслығы қатнасыўы мүмкин.
Буннан тысқары, әйне бир шахс избе-из еки мүддеттен аслам Сенаттың Баслығы болыўы мүмкин емеслиги белгиленди.
Сенат Конституцияға муўапық нызамшылық усынысларын нызамшылық басламасы тәртибинде Нызамшылық палатасына киргизиўге ҳақлы.
Нызамшылық усынысларын таярлаў, көрип шығыў ҳәм оларды Нызамшылық палатасына киргизиў тәртиби Сенаттың Регламентинде белгиленеди.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги