Педагоглар үстеме ушын тест сынақларын тапсырды

ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 2-августтағы “Халық билимлендириў министри фондының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық, халық билимлендириўи тараўында жумыс ислеп атырған ҳәм оқыўшылары жоқары көрсеткишлерге ерисип киятырған қәнигели педагог хызметкерлердиң мийнетин хошаметлеў бойынша өткен жылдан баслап министр фондының есабынан ҳәр айлық үстеме төлеў белгиленди.
ϴзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң 2024-жыл 8-январь күнги 10-санлы буйрығына тийкарланып, министрлик фонды есабынан ҳәр айлық үстеме төленетуғын қәнигели педагог кадрлардың шекленген саны республикамыз ушын “Баслаўыш тәлим”, “Анық ҳәм тәбийғый пәнлер” “Шет тиллери” “Жәмийетлик пәнлер” ҳәм “Әмелий пәнлер” бағдарлары бойынша қала ҳәм районлар кесиминде улыўма билим бериў мектеплери ушын 97 ҳәм Президент агентлиги системасындағы дөретиўшилик (И.Юсупов) ҳәм қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери ушын 10 квота ажыратылды.
ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў ҳәм көнликпелерди баҳалаў орайы тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети базасында жоқарыдағы қарарға муўапық, таңлап алынған педагоглар ушын өзлери оқытып атырған улыўма миллий пәнлери бойынша билимлерин баҳалаў ушын 1-басқыш тест сынақлары болып өтти. Соннан “Баслаўыш тәлим” бағдары бойынша 54, “Анық ҳәм тәбийғый пәнлер” бағдары бойынша 81, “Шет тиллери” бағдары бойынша 54, “Жәмийетлик пәнлер” бағдары бойынша 81 ҳәм “Әмелий пәнлер” бағдары бойынша 51 – жәми 321 педагог қатнасты.








–Олардың арасынан ең мүнәсиплери келеси басқышқа жоллама алады, – дейди Педагог кадрлардың потенциалын арттырыў ҳәм оларды таярлайтуғын мәкемелердиң жумысын муўапықластырыў басқармасының бас қәнигеси Суҳраббек Қирғизбоев. – Екинши сәўбетлесиў басқышы март айына режелестирилип, оннан табыслы өткенлер 9 ай даўамында Министр фонды есабынан ҳәр ай мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының бес ярым есеси муғдарында (5 775 000) үстеме ҳақы алады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги