Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы әҳмийетли ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.

Атап өтилгениндей, санластырыў есабынан, орнынан тура алмайтуғын, басқалардыӊ күтимине мүтәж жалғыз 2 мыӊ адамға жәрдем көрсетиў жолға қойылды.

Мысалы, Наўайы қаласында жасайтуғын майыплығы бар жалғыз ҳаялға 12 жастағы перзенти мектепке бармастан қарап киятырған еди.

Оған социаллық жәрдемши бекитилип, үйинде хызмет көрсетиў жолға қойылғанлығы себепли, перзенти мектепке барып, шаӊарақтыӊ социаллық жағдайы жақсыланбақта.

Социаллық қорғаў системасы менен 250 хызмет қамтып алынған болса-да, мәҳәлледеги халық олардыӊ ярымынан да хабарсыз. Мысалы, майыплығы бар перзентин тәрбиялаў напақасын алыў мүмкин болған 33 мыӊ ата-ана бул жеӊилликтен пайдаланбай атыр.

ӨзА