Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы әҳмийетли ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Мәмлекетимиз басшысы тараўдағы айырым кемшиликлерди санап, 20 дан аслам уйымныӊ социаллық қорғаў бағдарындағы жумысы ҳүжжетлерде пуқта ойланбастан, тәртипсиз белгиленгенин көрсетип өтти.
Аймақлардыӊ басшылары да мүтәж шаӊарақлар менен мәнзилли ислеспей, пул ҳәм азық-аўқат бериў, хожалық техникасы саўға етиў менен шекленип қалғаны атап өтилди.
Ески социаллық қорғаў системасында адамларға үмит бағышлаў, турмысын жақсылаўы, бәнт болыўына жәрдем бериў еӊ ақырғы орынға түсип қалған.
ӨзА