Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.
Өзбекстан 2021-жылы Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияға қосылғаны тарийхый ўақыя болды ҳәм ондағы миннетлемелерди орынлаў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери усы шахсларға жәрдем бериў, олардың уйымлары ҳәм шөлкемлери менен сәўбетлесиў, шараят жаратыў менен жетерлише шуғылланбай атырғаны көрсетип өтилди.
Айырым министрлик, уйымлар ҳәм ўәлаят ҳәкимликлеринде майыплығы болған бирде-бир адам жумысқа алынбағаны сынға алынды.
ӨзА