Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында болып атырған мәжилисте атап өтилгениндей, 1-октябрьден халыққа көрсетилетуғын барлық социаллық жәрдемлерди «социаллық карта» арқалы қаржыландырыў енгизиледи.
Бунда, ең дәслеп, «Сақаўат ҳәм көмек», «Ҳаял-қызлар», «Жаслар» дәптерлери қорлары, соң басқышпа-басқыш 74 түрдеги социаллық пенсия ҳәм жәрдемлер өткериледи.
Усы карта арқалы транспорт ҳәм коммунал тараўлардағы жеңилликлерден де пайдаланыў мүмкин болады.
ӨзА