Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы әҳмийетли ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.

Бизге белгили, өткен жыл июнь айында Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилген еди.

Өткен дәўирде 10 нан аслам мәмлекеттиӊ тәжирийбеси тереӊ үйренилди, социаллық хызмет бойынша қәниге-экспертлер менен биргеликте тараўдыӊ жағдайы үйренилди.

Таллаў ҳәм үйрениўлердиӊ көрсеткениндей, адамлар тәшўишиниӊ ишине кирмеген, өзиниӊ басынан өткермеген ески система пүткиллей өзгериўи керек ҳәм бул қурамалы, комлексли процесс.

ӨзА