Кеше Қаршы қаласында футбол бойынша Азия чемпионлар лигасының 1/8 финал ойыны болып өтти.

Онда «Насаф» клубы Бирлескен Араб Әмирликлериниң  «Ал-Айн» командасы менен ушырасты. Ойынның биринши таймында қаршылы футболшылар бир неше мәрте қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди. Бирақ, оннан «Насаф» ағзалары толық пайдалана алмады.

Екинши таймда еки команда да бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестириўге миясар болды. Деген менен бул күни ҳеш бир командаға да әўмет күлип бақпады. Солай етип ушырасыў 0:0 есабы менен жуўмақланды.

Бул командалар арасындағы жуўап ойыны 21-февраль күни Бирлескен Араб Әмирликлеринде болып өтеди.

Сондай-ақ, кеше Саудия Арабстанында да усы турнир шеңберинде  бир ойын өткерилди.

Онда Криштиану Роналду жетекшилигиндеги  «Ан-Насср» клубы  «Ал-Файҳа» менен ушырасты. Ойынның биринши таймында командалар бир-бириниң дәрўазасына гол урыўға ҳәрекет еткени менен, ушырасыўда есап ашылмады.

Екинши таймның 81-минутына келип, «Ал-Насср» сәрдары Роналду өз шеберлигин көрсетип, «Ал-Файҳа» дәрўазасына гол урыўға еристи.

Буннан кейинги ўақытта ушырасыўда есап өзгерместен қалды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.