Жасларға әскерий хызмет туўралы түсиник берилмекте

222

Арқа-батыс әскерий округи басшылығы тәрепинен республикамыздың Қоңырат, Кегейли, Тақыятас ҳәм Шымбай районларында “Жаңа ϴзбекстанның армиясы – мәмлекетимиздиң қүдирети, жоқары мақтаныш ҳәм садықлық тымсалы!” сүрени астында “Әскерий хызмет маған берген имканиятлар” атамасында дөгерек сәўбетлери болып өтти.

Онда Арқа-батыс әскерий округиниң басшылары, район ҳәкимликлериниң, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы ҳәм бөлимлериниң хызметкерлери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, мүддетли әскерий хызметке шақырылыўшы жаслар қатнасты.

Үгит-нәсият илажлары даўамында “Сәркарда ҳәм жаслар” ушырасыўы өткерилип, дөгерек сәўбети қызғын пикир алысыўларға бай болды. Сәркарда жаслар менен сәўбетлесип, өзиниң әскерий хызмет жолы туўралы айтып берди. Сондай-ақ, Ўатанды қорғаўға атланып атырған ҳәр бир азаматқа әўмет тилеп, ҳәр бириниң хызметте болыўы, турмыс мектебинде шынығыўы кереклиги атап өтилди. Әскерий хызметкерлерге белгиленген жеңиллик ҳәм қолайлықлар, жаратылып атырған шараятларға тоқтады. Ҳәр бир жигиттиң муқаддес миннети– бул Ўатанды қорғаў болып табылады.

Шақырыў жасындағы қатнасыўшылар мүддетли ҳәм мобилизациялық шақырыў резервиндеги әскерий хызметти өтеўдиң абзаллықлары, армияға барыўға таярланып атырған талабанларға қойылып атырған талаплар, жоқары әскерий билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў шәртлери туўралы толық түсиник берилди.

Бүгин мүддетли әскерий хызметти, сержантлық ҳәм офицерлик лаўазымларда контракт бойынша әскерий хызметти өтеп атырған әскерий хызметкерлер, бир жыллық хызметти өтеп болып, әйне ўақытта өмирде өз орнын тапқан жигитлер жасларға армияда ерискен табыслары туўралы айтып берди. Әскерий хызмет даўамында ўақыт, ата-ана ҳәм жақынларының қәдирине жеткенлиги, жеке тәртипке үйренгенлиги, физикалық жақтан жетилисип, дүньяға көзқарасының кеңейгенлигин айтып берди.

Жаслар өзлерин қызықтырған ҳәр қандай сораўларға толық жуўап алды.

Илажда Нөкис гарнизоны Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының әскерий оркестри жәмәәти тәрепинен қарақалпақ ҳәм өзбек  тиллериндеги қосықлар атқарылды. Әскерлер қурамынан ибарат ҳүрметли қараўыл взводы тәрепинен көрсетилген сапта жүриў элементлери ҳәм қол урысы көринислери жасларда айрықша тәсир қалдырды.

Илаж даўамында Арқа-батыс әскерий округи тәрепинен таярланған әскерлердиң турмысын сәўлелендириўши видеоролик қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги