Жас исбилерменлердиң көргизбеси шөлкемлестирилди

370

Нөкисте O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси  тәрепинен “Жас исбилерменлер көргизбеси” шөлкемлестирилди.

Онда исбилерменлер, жуўапкер шөлкемлердиң басшылары, жас исбилерменлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп қатнасыўшыларға бизнес тренинг спикери “Kaypanov devolopment group”, “Deya nơkis” жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң директоры  Азамат Қайпанов өзиниң билим және тәжирийбесинен келип шығып, бизнести жүргизиў, маркетингти билиў, исбилерменликти кеңейтип, өз үстинде ислеўге нелерге көбирек итибар бериў кереклигин турмыслық мысаллар арқалытүсиндирди. Исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетимиздиң экономикалық сиясатының әҳмийетли бағдары болып табылады. Бул бағдарды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде жаратылған шараятлар нәтийжесинде исбилерменлик қатары барған сайып көбейип бармақта. Миллий ишки өнимниң ҳәм өнимлер экспортының салмақлы үлеси киши ҳәм орта бизнеске туўра келмекте.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимизде исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў, олар ушын қолайлы шараятларды жаратыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тек Қарақалпақстан ушын қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы илажларды жаңа басқышқа алып шықпақта. Буннан нәтийжели пайдаланып атырған жасларымыз бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойып,  халыққа сапалы хызмет көрсетпекте. Бул көргизбе мине, усындай белсенди жаслардың қолға киргизип атырған табысларын ғалаба ен жайдырыўға хызмет етеди.

– Үй шараятында сүт өнимлеринен торақ ислеўди жолға қойдым,– дейди Нөкис қаласынан Меҳрибан Худайбергенова. – Жақында жумыс баслағаныма қарамастан қарыйдарлардың талабы жоқары екенлигин билип, жумысымды кеңейтиў мақсетинде киши цех ашыўды мақсет еттим. Бүгинги бизнес-тренингтен көп нәрселерди түсинип алдым. Бундай илажлар көбирек өткерилсе, жас исбилерменлерге мотивация береди.

Көргизбеде түрли бағдарларда жумыс алып барып атырған жас исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер, миллий өнерментшилик буйымлары ҳәм хызмет көрсетиў түрлери көрсетилди. Сондай-ақ жас дизайнерлердиң дөретиўшилик жумыслары көргизбеси шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги