Президент Шавкат Мирзиёев 19-февраль күни аймақларда экономикалық өсиўди тәмийинлеў, төмен қуўатлылықта ислеп атырған кәрханаларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы усыныслар презентациясы менен танысты.

Бул ҳаққында усы жылы январьда макроэкономикалық турақлылықты таллаў бойынша өткен видеоселектор мәжилисинде тапсырма берилген еди. Оған муўапық, аймақларда иске қосылмаған қосымша имканиятлар, исбилерменлердиң машқала ҳәм усыныслары үйренилди.

Мәселен, Қашқадәрья ўәлаятындағы Миришкор каналына қосымша насос ҳәм лотоклар орнатыў арқалы Қаршы районында 600 гектар жерди өзлестириў мүмкин. Бул кастор ловиясын жетистирип, оның майын ислеп шығарыў, 1мың 400 адамның бәнтлигин тәмийинлеў имканиятын береди.

Айырым санаат зоналарында инфраструктура қуўатлылығын жақсылаў зәрүр. Усы мақсетте быйылғы жылы бюджеттен 1,5 триллион сум ажыратылатуғыны белгиленген. Буның нәтийжесинде усы зоналардың тартымлылығы артып, кәрханалардың жумысы кеңейеди ҳәм жумыс орынлары көбейеди.

Санаат кәрханаларына жақын бос майданларда қуяш панеллерин орнатып, оларға қосымша энергия жеткерип бериў ҳәм системадағы жүклемени жеңиллетиў имканияты бар.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман ҳәм қарарлары менен усынылған салық ҳәм бажыхана жеңилликлери кәрханалардың жумысына унамлы тәсир еткен. Мәселен, текстиль ушын бояў импортында бажыхана жеңиллигиниң қолланылғаны есабынан трикотаж гезлеме, көйлек, костюм-шалбардың өзине түсер баҳасы арзанласқан. Презентацияда усы жеңилликлердиң мүддетин созыў арқалы ерисилген нәтийжелерди беккемлеў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, тийисли нормативлик ҳүжжетлерди жетилистириў бойынша көрсетпелер берди. Жуўапкерлерге барлық 208 район ҳәм қаланың «өсиў ноқатлары»н анықлаў, халықтың дәраматларын арттырыўға қаратылған жойбарлар таярлаў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА