Педагог мәртебеси – мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарына айланды

«Ҳәр бир инсан өмирде қандай табысларға ерискен болса, оларда қәдирдан муғаллим ҳәм устазларының үлкен үлеси бар екенлигин бәрқулла миннетдаршылық пенен еске алады. Мен өзим муғаллим дегенде – заман менен тең қәдем таслайтуғын жанашыр, зиялы адамды, мектеп дегенде – билим ҳәм ағартыўшылық нуры таралып туратуғын, Үшинши Ренессанстың тырнағын қалайтуғын теберик орынды көз алдыма келтиремен».
(Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев)
Елимизде Үшинши Ренессанстың тийкарын жарататуғын, Жаңа Өзбекстан ҳәм Жаңа Қарақалпақстанның дүньяның ең алдынғы раўажланған мәмлекетлери қатарынан орын алып, инсан мәплери улығланған халықшыл мәмлекет болыўы ушын хызмет ететуғын келешек ийелериниң тәлим-тәрбиясы бүгинги устаз-педагоглардың нәтийжели жумысларына байланыслы.
Соңғы жылларда билимлендириў тараўына қаратылып атырған мәмлекетлик дәрежедеги итибар, әмелге асырылып атырған реформалардың түп-тийкары ҳәр тәреплеме жетик әўладты тәрбиялаўға хызмет етеди.
«Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы» тийкарында тараўда көп жыллардан берли топланып қалған машқалалар өзиниң унамлы шешимин таўып, илим ҳәм билимлендириў өзиниң жаңа раўажланыў басқышына көтерилмекте.
Әсиресе, Президентимиз тәрепинен 2024-жыл 1-февраль күни қабыл етилген «Педагогтың мәртебеси ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы елимизде ағартыўшы-зиялылар ҳәм кең жәмийетшилик тәрепинен көптен берли үлкен үмитлер менен күтилген тарийхый ҳүжжет болды.
Нызам тийкарында мәмлекетимизде билимлендириў мәкемелеринде жумыс алып баратуғын педагоглардың ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм олардың жумысларының тийкарғы кепилликлери белгиленди.
Улыўма 21 статьядан ибарат болған Нызамның 3-статьясы «Педагогтың мәртебеси» деп аталып, онда Өзбекстан Республикасында педагогтың мәртебеси тән алынатуғынлығы, олардың өз кәсиплик жумысын алып барыўы ушын шөлкемлестириў-ҳуқықый шараятлар жаратылыўы, социаллық жақтан қорғалыўы тәмийинлениўи ҳәм ҳуқықларын әмелге асырыўы ушын кепилликлер берилиўи белгиленди. Педагогтың ҳуқықлары, абырайы, қәдир-қымбаты мәмлекетлик қорғаўда болатуғынлығы беккемленди.
Нызамда «Педагог ким?» деген сораўға анықлық киргизилип, «Билимлендириў шөлкемлеринде нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық дүзилген мийнет шәртнамасы тийкарында тәлим-тәрбия тараўында кәсиплик жумысын әмелге асыратуғын ҳәм тийисли мағлыўматқа, кәсиплик таярлыққа ҳәм руўхый-этикалық пазыйлетлерге ийе болған физикалық шахс педагог болып есапланады», – деп атап өтилген.
Дүньяның раўажланған мәмлекетлери тәжирийбесине нәзер таслайтуғын болсақ, оларда да педагоглардың жумысы ҳәм ҳуқықлары нызамлы түрде қорғалатуғынлығын көриўимизге болады.
Атап айтқанда, АҚШ, Канада, Германия, Италия, Португалия, Дания сыяқлы еллерде муғаллимлер мәмлекетлик хызметкер есапланады.
Алдымызға қойған жоқары мақсетлерден келип шыға отырып қабыл етилген усы нызамның тек ғана педагоглар ушын емес, соның менен бирге, халқымыз турмысы ушын да әҳмийети үлкен.
Усы жерде жақын тарийхымыздағы ашшы бир ҳақыйқат: 7 жылдай бурын оғада аз муғдардағы мийнет ҳақы менен дыққат-итибарымыздан шетте қалған үлкен потенциалға ийе устазлар турмыс тәшўишлери, шаңарақ тербетиў ғалма-ғалы менен басқа тараўларға өтип кетип, ҳәттеки сырт еллерге мигрант сыпатында кеткенлери де аз емес еди. Ең ашынарлысы, мектепти питкерген жаслар арасында муғаллимшиликке болған қызығыўшылық та кескин төменлеп кетти. Жаслар мол дәрамат табатуғын басқа тараўлар менен шуғылланып, билимлендириўге болған итибар аянышлы жағдайға келип қалды.
Айтып өтиў орынлы, гүз келсе пахта теримине, бәҳәр болса абаданластырыў жумысларына, халық арасында көшеме-көше жүрип мониторинг, есап-санақ өткериўге шығарылатуғын – улыўма айтқанда, мәжбүрий мийнеттен ең көп жәбир шегип атырған тараўға айланған еди. Буның ақыбетинде мәмлекетимизде билимлендириўдиң сапасы төменлеп, тараўда тәжирийбели педагог кадрларға зәрүрлик жүзеге келди.
Мәмлекетимиз басшысының сиясий ерк-ықрары менен бундай унамсыз жағдайларға шек қойылды. Билимлендириў тараўы тек ғана өзиниң белгиленген ўазыйпалары менен шуғылланатуғын, келешек әўладлар тәлим-тәрбиясы ушын хызмет ететуғын әҳмийетли буўынға айландырылды.
Бул болса жақында тастыйықланған «Педагогтың мәртебеси ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамында төмендегише белгилеп қойылды:
– педагогтың кәсиплик жумысына араласыў, оның жумысын тийкарсыз түрде тексериў, педагог тәрепинен билим алыўшылардың билимлерин дурыс ҳәм қалыс баҳалаўға тәсир етиў, сондай-ақ, оған өз хызмет миннетлемелерин атқарыўға тосқынлық етиў;
– педагогтың кәсиплик жумысы менен байланыслы болмаған жумысларға, соның ишинде, аймақларды абаданластырыўға ҳәм аўыл хожалығы жумысларына тартыў;
– педагогтан оның кәсиплик миннетлемелерине байланыслы болмаған есабатларды ҳәм басқа мағлыўматларды, соның ишинде, халықтың салықлар, коммуналлық төлемлер, кредитлер ҳәм басқа қарыздарлығы ҳаққындағы мағлыўматларды, питкериўшилердиң бәнтлиги тәмийинленгенлиги ҳаққындағы есабатларды қәлиплестириўин ҳәм усыныўын талап етиў;
– педагогты жумысқа орналастырылмаған, билимлендириўге қамтып алынбаған ҳәм профилактикалық есапта турған жас өспиримлердиң есабын жүргизиў және олардың социаллық бейимлесиўине жәрдемлесиў жумысларына тартыў;
– педагогқа товар ҳәм хызметлерди сатып алыў миннетлемесин жүклеў, соның ишинде, мийнет ҳақысынан оның жазба келисимисиз товар ҳәм хызметлер ушын қаржы услап қалыў қатаң түрде қадағадан етилди.
Педагогты қандай да бир формада мийнетке ҳәкимшилик тәризинде мәжбүрлеў, сондай-ақ, педагогтың кәсиплик жумысына нызамға қайшы түрде араласыў ямаса оның өз хызмет миннетлемелерин орынлаўына тосқынлық етиў нызамда белгиленген тәртипте жуўапкершиликке себеп болатуғынлығы белгилеп қойылды.
Соның менен бирге, Нызамнан педагоглардың ҳуқықлары, миннетлемелери, этикалық қағыйдалар, олардың мийнетине ҳақы төлеў, хошаметлеў, социаллық жақтан қорғаў, педагогларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў сыяқлы мәселелер де орын алды.
Бүгин дүньяда жедел пәтлер менен раўажланып атырған глобалласыў процесинде педагоглардың мәртебесин қайта тиклеў, қәдир-қымбаты ҳәм абырайын улығлаў бағдарындағы жумысларды мәмлекетимиздиң келешегине болған жоқары дәрежедеги итибардың үлгиси сыпатында қәдирлеймиз. Себеби, биз Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясы шеңберинде дүньяның ең раўажланған мәмлекетлери қатарына кириў ушын үлкен тарийхый жумысларды әмелге асырыўымыз зәрүр. Биз бул мақсетимизге ерисиўимиз ушын ең алды менен Ўатанымызды жаннан артық сүйиўши, илимли, ҳәр тәреплеме билимли, креатив пикирлейтуғын, дүнья жаслары менен бәсекиге түсе алатуғын бәркамал әўладты тәрбиялаўымыз керек.
Бундай жоқары мақсетке жетисиўимиз ушын ҳәм Президентимиз, соның менен бирге, пүткил халқымыз күтип атырған усындай жасларды тәрбиялаўымыз ушын, әлбетте, оларға сапалы билим беретуғын педагог кадрларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўымыз, оларға зәрүр шараятларды жаратыўымыз шәрт. Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қол қойылған «Педагогтың мәртебеси ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы бул мәселеге ҳуқықый тийкар болды.
Әлбетте, усы Нызам тийкарында педагогларға жүкленген жуўапкершилик, ўазыйпалар тийкарында жасларды, болажақ қәнигелерди Өзбекстанның раўажланыўының жаңа дәўири талаплары тийкарында идеялық жақтан тәрбиялаў, ҳәр тәреплеме бәсекиге түсе алатуғын кадрлар сыпатында оларды еркин кәсиплик турмысқа таярлаў – тәлим-тәрбия мәкемелериниң барлық буўынларында жумыс алып баратуғын оқытыўшы, устаз ҳәм педагоглардың жумысларына байланыслы болып табылады.
Сөзимиздиң жуўмағы сыпатында атап өтиўимиз керек, дүньяда ҳәр тәреплеме глобалласыў жүз берип атырған бүгинги дәўирде мәмлекетимиз тәрепинен илим менен шуғылланыўшыларға, муғаллимлер, устазлар ҳәм оқытыўшыларға – улыўма педагогларға қаратылған жоқары дәрежедеги итибар ҳәм ғамқорлық, биз исеним менен айта аламыз, әлбетте, өз жемисин береди! Соның менен бирге, бул тарийхый ҳүжжет мәмлекетимиздиң ийгиликли мақсетлер менен баслап атырған III Ренессанстың тийкарын жаратыўда баслы бағдарлама болып хызмет ететуғыны сөзсиз.
Қувондиқ Қодиров,
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик
педагогикалық институты ректоры ў.ў.а.
Қарақалпақстан хабар агентлиги