Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қылышласыў бойынша Азия чемпионлары болған спортшыларды қутлықлады. Онда былай делинеди:
Қәдирли спортшылар!
Бәринен бурын сиз, әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды Бахрейн пайтахты Манама қаласында қылышласыў бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында болып өткен Азия чемпионатында ерискен тарийхый нәтийжеңиз бенен шын жүректен қутлықлайман. Соны мақтаныш пенен атап өтиўимиз керек, мәмлекетимизде соңғы жылларда Президентимиздиң басшылығында спортты раўажландырыў бағдарында көлемли әмелий жумыслар алып барылды ҳәм бул жумыслар еле де даўам етпекте.
Усындай аталарша ғамхорлық ҳәм итибар нәтийжесинде бүгин спортшыларымыз дүньяда теңсиз екенликлерин дәлийллеп атыр. Атап айтатуғын болсақ, сабля бойынша жас өспиримлер арасында өткерилген жарыста қарақалпақстанлы Наргиза Жақсыбаева ҳәм Алпамыс Орақбаевлар барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия чемпионы атағына миясар болды.
Халқымыздың зәбердес перзентлери!
Сизлерди, Сизлер арқалы және бир мәрте тарийхый нәтийжелерди қолға киргизип, елимиз байрағын дүньяға танытыўға үлес қосып атырған барлық спортшыларымызды гүллән халқымыз атынан қызғын қутлықлайман ҳәм бәрқулла жеңимпазлар қатарынан орын ала бериўиңизде тилеклеслик билдиремен. Илайым, жеңисли жүрислериңиз еле де даўамлы болсын!
Қарақалпақстан хабар агентлиги