Әҳмийетли тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди

Қутырыў– жуқпалы кеселликлер арасында ең қəўипли, ақыбети өлим менен тамамланыўшы, қоздырыўшысы вирус болған, ҳайўанлардан жуғатуғын кеселлик болып, елимизде ҳəм қоңсы республикаларда қутырыў кеселлиги қоздырыўшысының тийкарғы дəреги ийтлер, пышық ҳəм жыртқыш жабайы ҳайўанлардан қасқыр, сағал ҳəм түлкилер болып есапланады.
Әсиресе, бул кеселлик республикамызда бәҳәр ҳәм гүз айларында көбирек бақланады.
Тахтакөпир районы Мүлк аўыл пуқаралар жыйыны аймағында район аймағында эпидемиялық ҳәм эпизоотикалық жағдайлардыӊ турақлылығын тәмийинлеў, қутырыў кеселлиги менен байланыслы жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў мақсетинде арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди.





Оған Тахтакөпир районы Айрықша жағдайлар бөлими, районлық Медицина бирлеспеси бөлими, Санитария-эпидемиология тынышлық орайы, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими ҳәм өзин-өзи басқарыў уйымларының басшылары қатнасты.
Оқыў-шынығыўы даўамында бул кеселликтиң тарқалыўының алдын алыў, ҳайўанлардан жәбирленген пуқараларға антирабик медициналық жәрдем көрсетиў, ийтлерди кеселликке қарсы шаншыў, эпизоотологлар ҳәм де эпидемиологлардың биргеликтеги ҳәрекетлерин шөлкемлестириў, қараўсыз ҳайўанларды услаў жумыслары әмелиятта көрсетилип, илаж қатнасыўшыларына кең түрде түсиниклер берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы