Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-февраль күни Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының орынбасары – санаат ҳәм саўда министри, Экономикалық бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық қоспа комиссия баслығы Денис Мантуров басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Сөйлесиўлер алдынан Ҳүкимет Басшысы орынбасары Денис Мантуров мәмлекетимиз баслығына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан Президентиниң 2023-жыл 5-7-октябрь күнлери Россияға рәсмий сапары жуўмағында саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ерисилген ҳәм қабыл етилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыўда еки тәреплеме товар алмасыў көлеми өткен жылдың жуўмақларына бола 6,6 процентке көбейгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Санаат, энергетика, транспорт, металлургия, химия, фармацевтика ҳәм басқа тармақларда биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта. 2023-жылы болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислери, аймақлар, билимлендириў ҳәм медицина форумларының нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Өз-ара саўданың өсиў пәтлерин даўам еттириў, кооперация жойбарларын, сондай-ақ, усы жылдың апрель айында Ташкент қаласында үшинши мәрте өткерилетуғын «Иннопром. Орайлық Азия» халықаралық санаат көргизбеси негизинде және де алға қойыў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

ӨзА