Жергиликли Кеңеслердиң ўәкиллик шеңбери кеңейтилмекте

Мәмлекетимизде Халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң жумысларын жәнеде раўажландырыў бойынша бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген болып, жергиликли кеңеслердиң аймақларды социаллық–экономикалық жақтан раўажландырыў, халықты социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, орынларда ушырасып атырған машқалаларды шешиў бойынша ўәкилликлери бир қанша кеңейтилди.
Халық ҳәкимиятын толық жүзеге шығарыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң қадағалаў функциясын күшейтиўге қаратылған беккем ҳуқықый тийкар жаратылды десек болады.
Атап айтқанда, жергиликли мәмлекетлик атқарыў уйымларының прокуратура, суд, салық ҳәм басқа да мәмлекетлик хожалық басқарыў уйымлары басшыларының қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң сессияларында есабатларын ҳәм мәлимлемелерин тыңлаў тараўлар бойынша системаластырылды.
Жаңаланған Конституцияда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм атқарыў уйымларын бир-биринен ажыратыў бойынша нормалар киргизилип, бул бойынша басқышпа-басқыш жумыслар әмелге асырылмақта. Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы ролин буннан былай да күшейтиў мақсетинде усы жыл 2-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғы оғада әҳимийетли пәрманы қабыл етилди.
Президентимиздиң бул пәрманы менен жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың әҳмийетли мәселелерин шешиўде усы аймақта жасап атырған халықтың пикирин есапқа алыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының ролин арттырыў мақсетинде билимлендириў, қоршаған орталықты қорғаў, қала қурылысы, транспорт ҳәм аймақтың инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған 33 ўәкиллик Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң ықтыярына өткерилмекте.
Мысалы, буннан былай, аймақлардағы талапты ҳәр тәреплеме үйренген ҳалда, қайсы аймақта, мәҳәлледе жаңа мектеп ямаса бақша шөлкемлестириў керек, қайсы бирин кеңейтиў, қайсысын сапластырыў кереклигин халықтың ерк-ықрарының айнасы болған халық ўәкиллери шешеди. Сондай-ақ, атмосфера ҳаўасын патасландырыўшы ямаса оған тиккелей тәсир көрсетиўши кәрхана ҳәм имаратлар қурылатуғын орынлар, шығындылар көмип тасланатуғын жерлер халық ўәкиллериниң келисими менен белгиленеди.
Қалалық жолаўшылар транспортында жолаўшы ҳәм багаж тасыў тарифлерин белгилеў, пуқаралардың айрықша категориялары ушын жеңиллетилген тарифлер Кеңес қарары менен енгизиледи.
Сондай-ақ, қалалық жолаўшы транспортында жөнелислерди шөлкемлестириў, жаңа жөнелислер ашыў, бәндиргилер, тоқтап турыў ҳәм диспетчерлик мәнзиллерин жайластырыў, транспорт ҳәм инженерлик-техникалық инфраструктура объектлерине, тәбийғый объектлерге атама бериў және олардың атамаларын өзгертиў бойынша усыныслар киргизиў, айырым категориядағы қала қурылысы жумысы объектлерин жергиликли әҳмийетке ийе объектлер қатарына киргизиў де жергиликли Кеңеслердиң қарары менен әмелге асырылады.
Бундай ўәкилликлердиң ийеси етип жергиликли Кеңеслердиң белгилениўи жәмийетлик турмыс ушын әҳмийетли болған мәселелерди халықтың пикирин есапқа алған ҳалда халық ўәкиллери тәрепинен шешиў имканиятын береди.
Пәрман менен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын “Күшли кеңес”, “есап бериўши ҳәм басламашы ҳәким” принципи тийкарында шөлкемлестириў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлериндеги 100 ден аслам ўәкилликти жергиликли Кеңес ҳәм атқарыўшы ҳәкимият арасында анық бөлистириў бойынша усыныслар ислеп шығылады.
Конституциялық реформалар нәтийжесинде 2024-жылғы сайлаўдың жуўмақлары бойынша, дәслеп ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслеринде, кейин ала 2026-жылдан баслап қалалық ҳәм районлық Кеңеслерде Кеңес баслықлары ҳәм ҳәкимлер өз алдына жумыс алып баратуғыны белгиленди.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкияттың ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў бойынша тийисли уйымларға ўазыйпалар жүкленди.
Соның менен бирге усы жылдың 1-октябрине шекем халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерин, ал 2025-жыл 1-декабрине шекем қалалық ҳәм районлық кеңеслерин өз алдына имарат ҳәм объектлер, сондай-ақ олар нәтийжели жумыс алып барыўы ушын зәрүр шараятлар ҳәм материаллық-техникалық база менен тәмийинлеў белгилеп алынды.
Кеңеслердиң өз жумысын мәмлекетлик ҳәкимият уйымларынан еркин түрде әмелге асырыўы кепилленбекте.
Атап айтқанда, буннан былай, жергиликли Кеңеслерге ўазыйпалар менен функциялар тек ғана нызам ҳүжжетлери менен жүкленеди. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен жергиликли Кеңеслердиң жумысына араласыўға жол қойылмайды. Келешекте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыўда тийисли ўазыйпаларды жергиликли ўәкиллик уйымлары ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымлары арасында анық белгилеп барылады, сондай-ақ, әмелдеги нызамшылықтағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына жүкленген ҳәм Кеңеслердиң жумысына тән болмаған ўазыйпалардың орынланыўы бойынша жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары жуўапкер деп белгиленбекте.
Жоқарыда атап өтилген пәрман менен жергиликли кеңеслерге берилип атырған жаңа ўәкилликлер биз партия ўәкиллери ушын да әҳмийетке ийе. Себеби, партиямыздың Cайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўәзыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде депутатлар хызметине ҳәм белсендилигине сүйенемиз. Депутатларымыз жергиликли кеңеслерде тийисли турақлы комиссиялардың ағзалары сыпатында партиямыз алға қойған мақсет ҳәм ўазыйпалардың, сайлаўшылардың тилек-өтинишлериниң нызамлы орынланыўы ҳәм шешилиўи бойынша жумыс алып барады.
Президентимиздиң бул пәрманының қабыл етилиўи жергиликли кеңеслердиң жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик басқарыўдағы ролин буннан былайда күшейтиў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимиятты жаңаша Конституциялық ҳуқықый шараятларда жолға қойыўдың дәслепки басқышы болды.
Нурлыбай ҚАЙЫПБЕРГЕНОВ,
Өзбекстан “Адолат” СДП
Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги