11-19-февраль күнлери Румынияда жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында ҳәр жыл сайын өткерилетуғын «Dracula» ашық турнири болып өтти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнасты. Атап айтқанда, жас өспиримлеримиз бул жарыста 5 алтын, 1 гүмис медальларын қолға киргизген болса, Жаслар командамыз 4 алтын, 6 гүмис ҳәм 2 қола медальларын жеңип алыўға еристи.

Республикамыз спорт жанкүйерлери ушын мағлыўмат сыпатында айтатуғын болсақ, бул жарыста жас өспиримлер арасында +80 кг салмақта қатнасқан қарақалпақстанлы Артур Кеңесбаев финалға шекем жетип келди ҳәм гүмис медаль менен сыйлықланды. Жас боксшимизди бул жарысқа Шараф Айтбаев таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы