Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жәмийетлик транспорт системасын реформалаў илажлары  ҳаққында»ғы қарары талапларын орынлаў бағдарында  Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.  Атап айтқанда «Жол карта»да белгиленген ўазыйпаларды орынлаў шеңберинде транспорт тармақларын қайта шөлкемлестириў бойынша Бас режениң қабылланыўы белгиленген. Усы  режени орынлаўда ҳәр тәреплеме жоқары нәтийжелерге ерисиў нәзерде тутылып, сырт еллердиң тараўды раўажландырыў бойынша жоқары категориялы экспертлери хызметинен пайдаланыў мақсет етип алынған.

Россия мәмлекетиниң транспорт бойынша эксперти Владимир Владимирович Валдин, Ташкент транспорт университетиниң қәнигелери ҳәм Транспорт министрлиги хызметкерлери менен биргеликте Нөкис қаласы ишиндеги орынларды көзден өткерди.







Эксперт үйрениў даўамында транспорт ҳәм жол транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бас режеси бойынша жолаўшылар ағымы жоқары болған орынларды анықлаў, жолдағы тығызлықлардың алдын алыў, автовокзал ҳәм автостанцияларда автотранспортлардың турар орны менен  танысып шықты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги