Жасырарлығы жоқ, соңғы жыллары елимизде автотранспортлар санының көбейиўи ҳәм адамлардың өз өмирине деген бийпәрўалығы себепли, күнделикли турмысымызда жол ҳәрекети қағыйдасын бузыў менен байланыслы жынаятлар саны жылдан-жылға артып бармақта.

Ең өкинишли тәрепи сонда, бул бахытсыз ўақыяларда көплеген инсанлар өмирден биймезгил көз жумбақта.

Жақында жынаят ислери бойынша Елликқала районлық судының гезектеги суд мәжилисинде Төрткүл районында жүз берген усындай ҳәдийсе көрип шығылды.

Атап айтатуғын болсақ, 2003-жылы туўылған жас Х.Б. 2023-жылдың 6-сентябрь күни саат 21:15 лер шамасында өз басқарыўындағы «Нексия-2» маркалы автомобиль менен Төрткүл районы “Отаюрт” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши 4N-102 автомобиль жолының 5-6 километри аралығында «Отаюрт» АПЖдан район орайына кетип баратырып “Пахтаобод” АПЖ аймағы турғынлары 1955-жылы туўылған М.К. ҳәм 1952-жылы  туўылған А.Н.ларды машинасының алдыңғы тәрепи менен дүгип, қорыққанлығы себепли, оларға жәрдем көрсетпестен ўақыя орнынан қашып кетеди.

Буның нәтийжесинде жәбирлениўши пиядалардың бири болған пуқара М. К. аўыр жарақат зардабынан Төрткүл районлық медицина бирлеспесинде қайтыс болады. Сондай-ақ, бул бахытсыз ҳәдийседе және бир жәбирлениўши пияда А.Н. болса, медицина хызметкерлериниң өз ўақтында көрсеткен жәрдеминиң арқасында, өмири сақлап қалынады.

Суд мәжилисинде судланыўшы Х.Б. өзиниң бул қылмысын толық мойынлап, оннан пушайман екенлигин билдирди ҳәм өзине жеңилирек жаза тайынлаўды соранды.

Суд болған ўақыя бойынша гүўалардың көрсетпе ҳәм пикирлерин, соның менен бирге келтирилген дәлийллерди инабатқа алып, жынаятшыны белгиленген нызам тийкарында тийисли жазаға ҳүким етти.


О.Маўленов,

Жынаят ислери бойынша Елликқала районлық суды баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги