Елимиз бойлап алып барылып атырған кең көлемли реформалар қатарында жол қурылысы тараўында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Ҳаўа райының қолайсыз болыўына  қарамастан бул бағдардағы жумыслар ҳәр күни даўам етпекте.

Өзбекстан Республикасы Транспорт прокуроры И.Наримов республикамыздағы қурылыс жумыслары алып барылып атырған Азия раўажланыў банки қатнасындағы А-380 «Ғузор- Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 964-1204 километри аралығын реконструкциялаў  жойбары менен танысты.

Илаж даўамында жумысты бөлип алып  ислеўши кәрхана басшыларына ҳәм объекттиң сапасын қадағалаўға алыўшы инженер консултантларға усы объектти сапалы ҳәм белгиленген мүддетте пайдаланыўға тапсырыў зәрүрлиги бойынша тапсырмалар берди.






Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта бақланып атырған, яғный объектке интерт материалларын жеткерип бериўде вагонлар саны жетиспеўшилиги машқаласын «Өзбекстан темир жоллары» АЖ ға қараслы Қоңырат регионаллық темир жол узели унитар кәрханасының жуўапкер басшылары менен биргеликте үйренип, оларды сапластырыў мәселелери додаланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги