Әмелдеги нызамшылық талапларына бола, пуқаралық ҳәм хызмет қуралын ҳәм оның оқ-дәрилерин Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў, алып шығыў ҳәм транзит өткериў Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги ҳәм ишки ислер уйымларының рухсатнамаларына муўапық әмелге асырылады. Тийисли рухсатнамаға ийе болмаған ҳәр қандай қурал ҳәм оқ-дәрилердиң мәмлекетимизге алып кирилиўи ҳәм айланыста болыўы қадаған етиледи.

Нызамшылық талапларына қарсы түрде оқ атар пневматикалық пистолет ҳәм оқ-дәрилерди мәмлекетимиз аймағына алып кириўге урыныў жағдайларына бажыхана хызметкерлери тәрепинен өз ўақтында шек қойылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының «Даўыт ата» шегара бажыхана постына Россия Федерациясынан «Лада Ларгус» маркалы автотранспорт жәрдеминде кирип келген пуқараның қол жүклери ҳәм багажы бажыхана қадағалаўынан өткерилгенинде, қара реңли сумкасының ишинен жолаўшы бажыхана декларациясында жазып көрсетилмеген, бажыхана хызметкериниң аўызша сораўында айтылмаған, тийисли рухсатнамаларға ийе болмаған 1 дана 4.5 миллиметрлик калибрли «Сталкер» атлы пневматикалық пистолет, 25 пневматикалық пистолет газ баллонлары ҳәм 1482 пневматикалық пистолет оқларының бар екенлиги анықланды.

Тап сондай тағы бир жағдайда «Даўыт ата» шегара бажыхана постына «Ласетти» маркалы автотранспорт жәрдеминде кирип келген пуқара бажыхана қадағалаўынан өткерилгенинде де анықланды. Ол 1 дана «Ansar BRT 9 mm» атлы шаўқымлы пистолет ҳәм 36 дана “9 ммли Р.А.К” атлы резина ушлы патронларды Россия Федерациясынан Қазақстан Республикасы арқалы Өзбекстан Республикасына алып өтип атырғанлығы анықланды.

Ҳәзирги ўақытта усы жағдайлар бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги