Сырт елде жумыс ислеп жүргенлердиң шаңарақ ағзаларына қандай жәрдем бериледи?

Президенттиң 2022-жыл 1-марттағы “Сырт елде ўақтынша жумысын әмелге асырып атырған ϴзбекстан Республикасының пуқараларын ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманына муўапық, ҳәр жылы Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы қаржылары есабынан:

бағыўшысы сырт елге жумыс ислеўге кеткен кем тәмийинленген шаңарақларға БЕМның 2 есеси (680 мың сум) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем;

кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы болған ямаса “Темир дәптер”, “Ҳаял-қызлар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”нен биреўине киргизилген, майыплығы болған шаңарақ ағзаларына дәрилер, майыплық арбашалары, еситиў аппаратларын ҳәм ортопедиялық өнимлерди сатып алыў ушын БЕМның 5 есеси (1,7 миллион сум) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем;

кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы болған ямаса “Темир дәптер”, “Ҳаял-қызлар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”нен биреўине киргизилген сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың балаларына дем алыў орайларына бийпул жолламалар бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги